30-июнь «Жаслар күни» мүнәсибети менен Мойнақ районы ҳәкими Сайлаўбай Сапарбаевич Данияров ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде үй шәраятында жеке тәртипте билим алып атырған, имканияты шекленген оқыўшылардыӊ ҳалынан хабар алды.
Мойнақ районы ҳәкими үй шәраятында жеке тәртипте билим алып атырған, имканияты шекленген оқыўшыларды 30-июнь «Жаслар күни» байрам менен қутлықлап, оларға байрам саўғасы болған оқыў қураллары тапсырылды.

Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатының нәтийжелигин асырыў ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамының жумысларын қоллап-қуўатлаў туўрысындағы ПФ-5106-санлы пәрманынында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәминлеў мақсетинде 2018-жылдың 6-июнь күни Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси тәрепинен имканияты шекленген нагиран жаслар менен бир қанша жумыслар алып барылды.
Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси баслығы С.Иниятов, Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси бас қәнийгеси Ю.Тоғызбаев, районлық мәҳәлле қоры балсығы Б.Жамалова, районлық хаял-қызлар комитети баслығы З.Өтегенова менен биргеликте рамазан айы мүнәсибети менен имканияты шекленген нагиран жаслар хәм кексе хәмде жас шаңарақлар халынан ҳабар алынып олар менен жақыннан сәўбетлер алып барылды хәм байрам саўғалары тапсырылды

 

Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеми тәрепинен “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде усы жылдыӊ 2-июнь күни Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде үй шәраятында жеке тәртипте билим алып атырған 5-класс оқыўшысы Жақсылыкова Шахсанем Қадирбай қызы ҳәм 4-санлы улыўма билим бериў мектеби үй шәраятында жеке тәртипте билим алып атырған 4-класс оқыўшысы Нурғалиева Айдана Рахымжан қызыныӊ ҳалынан хабар алынып, Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси тәрепинен флипчарт ҳәм байрам саўғалар тапсырылды. Өткерилген илажда Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ районлық “Сардарлар Кеӊеси”  белсендилик көрсетти.

 

Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеминиӊ “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде оқыўшы жаслардыӊ тарийхқа деген қызығыўшылығын оятыў мақсетинде  бир қатар “Камалак” ағзаларын Мойнақ районы орайында жайласқан Мәденият музейине саяхат шөлкемлестирди. Саяхат даўамында музейдеги Арал теӊизи жағалаўында жасаған ҳайўанлар, өсимликлер дуньясы ҳәм бир қатар тарихий экспонатлар менен бир қатар жақыннан танысты

1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде Мойнақ районы “Жәйҳун” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаӊарақ перзенти, 2011 жылы туўылған балалықтан нәгиран Ибрагимова Робияға Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси тәрепинен нәгиранлық арбашасы тапсырылды.

 

Балалардыӊ байрам күнин мазмунлы өткериў, соныӊ менен бирге олардыӊ шаққанлық, епшиллик қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ районлық “Сәрдарлар Кеӊеси” тәрепинен 1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен Мойнақ районында жайласқан Балалар дем алыў орайында “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде “Балалығым шадлығым” балалар фестивалын өткерди.
Фестивалда районлық “Сәрдарлар Кеӊеси” тәрепинен балалардыӊ қабилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде олар тәрепинен ҳәр түрли кеўилли ойынлар шөлкемлестирилип, жеӊимпаз болған балаларға естелик саўғалары тапсырылды. Байрам кешесинде Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ районлық “Сәрдарлар Кеӊеси” тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламалары фестиваль қатнасыўшыларына усынылды.
Байрам фестивалы жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеми тәрепинен усы жылдыӊ 31-май күни Мойнақ районында жайласқан “Кемелер қәбиристаны” ашық майданында 1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде өткерилген байрам илажлары көтериӊки руўҳта шөлкемлестирилди.
Байрам кешесин Мойнақ районы ҳәкими Сайлаўбай Сапарбаевич Данияров 1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен байрам кешеси қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады.
“Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған кем тәмийинленген 25 шаӊарақ перзентлерине Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеми тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Жойбар шеӊберинде “Камалак” ағзалары ортасында спорттыӊ “Шахмат”, “Шашка”, соныӊ менен бирге “Тәбият маған илҳам бағышлайды” атамасында суўрет таӊлаўы шөлкемлестирилип, жеӊимпазлар мүнәсип сыйлықланды.
Байрам кешесинде 1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен райондағы 100 ден аслам кем тәмийинленген шаӊарақ перзентлерине дәстүрхан жайылып, Мойнақ районы Мәденият ҳәм халықтыӊ дем алыў орайы хызметкерлери, районлық 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшы жаслары қатнасында концерт бағдарламасы қойып берилди.
1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде байрам илажлары шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Өзбекстан жаслар аўқамы “Камалак” балалар шөлкеминиӊ 2018-жылға мөлшерленген ис режесиндеги белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеми тәрепинен “Бахытлы балалық” жойбары шеӊберинде 2018-жылдыӊ 30-май күни Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде оқып атырған 25 кем тәмийинленген шаӊарақ перзентлерин Нөкис қаласындағы бир Саяхат даўамында Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем-өнер музейи, “Балалар дем алыў орайы” ҳәм “Жас тамашагөйлер қуўыршақ театры”на саяхат шөлкемлестирди.
Саяхат даўамында оқыўшылар күнлерин кеўилли өткерди.

“Камалак” балалар шөлкемине 17 жас толыўы мүнәсибети менен   2018-жылдыӊ 23-май күни Мойнақ районы 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеминиӊ “Ўатан, дослық ҳәм бахытлы балалық ушын!” сүрени астында XVII дәстүрий Әнжуманы бирге ислесиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер қатнасында көтериӊки руўҳта өткерилди. Әнжуманды Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлык Кенеси баслығы С.Иниятов ҳәм район ҳәкиминиӊ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўҳый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Меӊлибеков ашып берди. Ол өз сөзинде бугинги өткерилип атырған әнжуман қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм әнжуман қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Әнжуманда жыл даўамында улыўма билим бериў мектеплеринде Жаслар аўқамы жумысларында жоқары нәтийжелерге ерисип белсендилик көрсетип киятырған мектептиӊ Сәрдарлар Кеӊеси мүнәсип хошаметленди.
Мойнақ район ҳәкиминиӊ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўҳый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Бахтияр Меӊлибеков тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Ҳуқықый саўатқанлық” жөнелиси” Сәрдары номинациясы менен 1-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Қосбергенова Нурзия Қудайберген қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Юристконсульт” номинациясы менен Орақбаева Ҳүрлиман Асқар қызы, Мойнақ районы ҳәкимниӊ орынбасары Ҳаял-қызлар комитети баслығы Зияда Утегенова тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Руўҳый ағартыўшылық” жөнелиси” Сәрдары номинациясы менен Утебаева Баҳаргүл Умирбай қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Оқыў бөлими” Сәрдары номинациясы менен 15-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Дамирова Мерей Аманкелди қызы, Жас өспиримлер менен ислесиў бойынша мекемелерара комиссиясыныӊ жуўаплы хаткери Сайёра Нурлыбаева тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Қәбилетли жаслар” Сәрдары номинациясы менен 2-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Тлеўкабулова Ҳүрлиман Сепйтқабыл қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Жетекши клуб” Сәрдары номинациясы менен 1-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп Сәрдары Орақбаева Элеонора Жолдас қызы, Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлиминиӊ сектор баслығы, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшиси Баҳадыр Пирниязов тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Спорт ҳәм әскерий ўатансүйиўшилик” жөнелиси Сәрдары номинациясы менен 10-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Тлеклесов Ерназар Азат улы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Мийнет бөлими” Сәрдары номинациясы менен 6-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Абдуллаева Аяжан Еркин қызы, Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақамлпақстан Республикалық Кеӊеси тәрепинен шөлкемлестирилген “Хошамет-2017” сыйлығыныӊ лауреаты Мырзабек Хожаметов тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Социаллық қорғаў” жөнелиси Сәрдары номинациясы менен 16-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Ретканов Бердибек Мурат улы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Мийирим шәпәәт клубы” Сәрдары номинациясы менен 2-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Қошқарбаев Руфат Кеӊесбай улы, Пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ Жаслар мәселелери бойынша орынбасары Ҳүрмет Жәлимбетов тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Пресс клуб” Сәрдары номинациясы менен  1-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Қосбергенова Нурзия Қудайберген қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Баспа сөз” бөлими Сәрдары номинациясы менен 17-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Жумабаева Гүлжайна Оралтай қызы, Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниӊ Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшиси Гулшад Арзуева тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Саламатлық ҳәм экология” жөнелиси Сәрдары номинациясы менен 18-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Жаӊабаева Миясар Марат қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Экосан” клубы Сәрдары номинациясы менен 14-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Турсынбаева Дилназ Жаӊабай қызы, Районлық “Арал балықшысы” газетасыныӊ бас редакторы Захида Қалжанова тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Баслама ҳәм жойбарлар” жөнелиси Сәрдары номинациясы менен 3-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Барлықбаева Жулдыз Мурат қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Шөлкемлестириў” бөлими Сәрдары номинациясы менен 11-санлы улыўма билим бериў мектеби Сәрдары Қуўандыкова Наўрызбийке Мурат қызы мүнәсип хошаметленди.

Әнжуманда Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси баслығы Саламат Иниятов ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеми баслығы Нурлыбек Досанов тәрепинен “Жылдыӊ еӊ белсенди “Жаслар аўқамы” Сәрдары 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ “Жаслар аўқамы” бас Сәрдары Турсынбаева Айсулыў Бердибек қызы, “Жылдыӊ еӊ белсенди “Камалак” бас Сәрдары номинациясы менен 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ “Камалак” бас Сәрдары Досназарова Гүлрабо Дәўлетназар қызы мүнәсип хошаметледи.
Әнжуман даўамыда Сәрдарлар Кеңеси ҳәм мектеп Сәрдарлар Кеңеси тәрепинен таярланған сахналық көрнислер ҳәм музыкалық шығыўлар әнжуман қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Әнжуман қатнасыўшылары арасында үлкен тәсирлер қалдырылды.
Әнжуман соңында Жаслар аўқамы жумысларын қоллап-қуўатлаў, соныӊ менен бирге өткерилип атырған илажларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған 1-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Саламат Турдыбаевич Нуржанов, 2-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Мырзабек Көптлеўович Хожаметов, 4-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Мақсет Қалбаевич Аметов, 12-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Пухарбай Убайдуллаевич Икматов, 14-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Тиркес Жалимбетов Абдихаликов ҳәм 15-санлы улыўма билим бериў мектеби директоры Айтгүл Айымбетовна Жолымбетовалар Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Мәмлекетлик мәслаҳатшысы, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеӊеси баслығы Қ.Қуранбаевтыӊ “Миннетдаршылық хаты менен соныӊ менен бирге районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшысы Тлеўов Қанатбек Бахыт улы “Ҳүрмет белгиси менен хошаметленди.
Солай етип, Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси баслығы ҳәм район ҳәкиминиӊ Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўҳый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Меӊлибеков тәрепинен Жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеминиӊ 2018-жылға мөлшерленген ис режесин орынлаў мақсетинде районлық “Сәрдарлар Кеӊеси”не 3 дана велосипед тапсырылды.
Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси жанындағы “Камалак” балалар шөлкеминиӊ “Ўатан, дослық ҳәм бахытлы балалық ушын!” сүрени астында өткерилген ХVII Әнжуманы қатнасыўшыларға жақсы тәсирлер қалдырды.

Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеӊеси райондағы бирге ислеўши кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте жас өспиримлер арасында жынаятшылық, ҳуқықбузарлықтыӊ алдын алыў, соныӊ менен бирге жас өспиримлердиӊ түнги ўақытлары биймезгил жүриўлериниӊ алдын алыў мақсетинде «Түнги рейд» өткерилди. «Түнги рейд» нәтийжесинде район көлеминдеги кафелерде бир қатар жас өспиримлердиӊ биймезгил ата-аналарыныӊ қараўсыз жүрген жас өспиримлер анықланып қадағалаўға алынды